Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 13-апрелдеги «Бюджет процесинде пуқаралардың белсенди қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-5072-санлы қарарына тийкар Өзбекстан Республикасы Финанс Министирлигиниң «Ашық бюджет» мәлимлеме порталы 2021-жылдан баслап иске түсирилди.
✅Кегейли районы Ақтуба АПЖ аймағына қараслы Тамғалы аўылы турғынлары «Ашық бюджет» мәлимлеме порталында «Басламалы бюджет» процессине усыныс пенен қатнасып, олардың 1,7 км аралықтағы ишки жолға қумлы тас араласпасын төсеў бойынша кириткен усынысы аўыл турғынларының қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде ең көп даўыс жыйнаған усыныслар қатарында жеңимпаз деп табылды.
Бул жеңимпаз усыныс ушын район жергиликли бюджетинен «Пуқаралар басламасы қоры»на ажыратылған қаржылар есабынан 350 миллион қаржы ажыратылып, қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылды.