МӘДЕНИЯТТА ЖАҢА СТАДИОН ПАЙДАЛАНЫЎҒА ТАПСЫРЫЛДЫ

01.09.2022 15:07:18 145 Баспаға шығарыў

Бүгин, Мәденият мәкан пуқаралар жыйынында жайласқан 5-санлы улыўма орта билим бериў мектеби жанынан жасыл қапламалы заманагөй стадион пайдаланыўға тапсырылды.

«Ашық бюджет» мәлимлеме порталында «Басламалы бюджет» процессине ең көп даўыс топлап, жеңимпаз деп табылған усыныс тийкарында қурып питкерилген стадион ушын 400 миллион сўм қаржы ажыратылған болып, заманагөй имканиятларға ийе болып, аймақ жасларының спорт пенен шуғылланыўы ҳәм бос ўақытларын мазмунлы ушын оғада үлкен әҳмийетке ийе болып есапланады.

01.09.2022 15:07:18 146