ПӘРМАН ТИЙКАРЫНДА ИСБИЛЕРМЕНЛЕРГЕ КЕҢ ИМКАНИЯТЛАР ЖАРАТЫЛАДЫ,

16.09.2022 10:07:00 388 Баспаға шығарыў

Усы жылдың 31-август күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилип, оның 2-а бәнтинде республикамыздың барлық аймақларында ҳәрекет етип атырған исбилерменлик субъектлери ушын 2023-жылдың 1-январынан 2028-жылдың 1-январына шекемги дәўирде пайда салығы, айланыстан алынатуғын салық, юридикалық тәреплердиң мүлк салығы ҳәм жер салығы бойынша салық ставкалары 50 процентке, жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен төленип атырған социаллық салық қалалар аймағында ҳәрекет етип атырғанлар ушын 12 есеге, район аймағында ҳәрекет етип атырғанлар ушын 6 есеге азайтылып, жылына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында белгиленди.

Сондай-ақ, социаллық салық азайтылып, 1 процент муғдарында белгиленди.

Президентимиз пәрманында көрсетилген бул жеңилликлер район аймағында жумыс жүргизип атырған исбилерменлер ушын да кең имканиятлар жаратып берди.

Атап айтқанда, республикамызда жайласқан исбилерменлик субъектлериниң товар айланысынан алынатуғын салық ставкасының 2 проценттен 1 процентке, жер ҳәм мүлк салығы ставкасының еке есеге азайтылыўы нәтийжесинде, бурын жергиликли бюджетке түсетуғын кәрханалардың төлемлери өз еркинде қалдырылып, олардың жыллық дәраматы артады.

Бул болса, район исбилерменлериниң өз жумысларын еле де раўажландырыўы ушын үлкен қолайлық ҳәм кең имканият болып табылады.

Президентимиз тәрепинен республикамыз исбилерменлери ушын жаратылып атырған бундай жеңилликлер  олардың дәраматларының еле де артып, елимиздиң раўажланыўына үлкен үлес болады деп ойлаймыз.

Халық депутатлары Кегейли

районлық Кеңеси депутаты

Г.Жуманазарова

 

16.09.2022 10:07:00 389