ОРЫНЛАРДА УШЫРАСЫЎЛАР ӨТКЕРИЛДИ.

16.09.2022 09:24:40 103 Баспаға шығарыў

2022 жылдың 5-сентябрь күни Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине 21-«Кегейли» сайлаў округинен сайланған депутат Б.Бегжановтың Кегейли районы 16-санлы ҳәмде 41-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде мийнет жәмәәти ағзалары, ата-аналар ҳәм оқыўшылардың қатнасыўында «Билимлер күни» мүнәсибети менен ҳәмде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПП-213-санлы Пәрманының мазмунын ҳәм әҳмийетин үгит-нәсиятлаўға бағышланған ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыў барысында Ғәрезсизлик жылларындағы мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың барысы ҳәмде Президентимиздиң ПП-213-санлы Пәрманының мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиндирилип өтилди.

16.09.2022 09:24:40 104