ОРЫНЛАРДА УШЫРАСЫЎЛАР ӨТКЕРИЛДИ.

16.09.2022 09:20:40 110 Баспаға шығарыў

2022 жылдың 5-сентябрь күни Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине 3-«Жамбыл» сайлаў округинен сайланған депутат А.Дуйсенбаевтың Кегейли районы 35-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде мектеп мийнет жәмәәти ағзалары, ата-аналар ҳәм оқыўшылардың қатнасыўында «Билимлер күни» мүнәсибети менен ҳәмде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПП-213-санлы Пәрманының мазмунын ҳәм әҳмийетин үгит-нәсиятлаўға бағышланған ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыў барысында Ғәрезсизлик жылларындағы мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың барысы ҳәмде Президентимиздиң ПП-213-санлы Пәрманының мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиндирилип өтилди.

16.09.2022 09:20:40 111