ЖАҢА ПӘРМАН, ТАРИЙХЫЙ ҲҮЖЖЕТ

16.09.2022 09:16:04 310 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-август күнги ПП-213-санлы пәрманының мазмун-мәнисин кеңнен үгит нәсият етиў мақсетинде, Кегейли районында дүзилген исши топар ағзалары тәрепинен Кегейрайонымәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими тәрепинен аўыл ҳам мәкан пуқаралар жыйынларында, мәкеме, кәрханаларда ислеўши хызметкерлер арасында түсиндириў жумыслары алып барылмақта.

Бүгин тастыйықланған режеге муўапық, район ҳәкими Д.Утемуратов Абат мәкан мәкан пуқаралар жыйынында пуқаралар менен ушырасты.

Қарақалпақстанлылар ушын тарийхый әҳмийетке ийе болған пәрманда белгилеп берилген айрықша жеңилликлерге кеңнен тоқталып ɵтип, бул унамлы ɵзгерислерди ҳәр бир пуқара терең сезиниўи ҳәм пайдаланыўы ушын оның мазмун-мәнисин еледе кеңнен үгит-нәсият етиў кереклигин атап ɵтти.

16.09.2022 09:16:04 311