ПРЕЗИДЕНТ ПӘРМАНЫНЫҢ МАЗМУН-МӘНИСИ КЕҢНЕН ТҮСИНДИРИЛМЕКТЕ

16.09.2022 09:12:54 170 Баспаға шығарыў

2022 жылдың 8-сентябрь күни Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине 12-«Бердах» сайлаў округинен сайланған депутат Г.Жуманазарованың Кегейли районы 7-санлы МШБШ мйинет жәмәәтинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПП-213-санлы Пәрманының мазмунын ҳәм әҳмийетин үгит-нәсиятлаўға бағышланған ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыў барысында Ғәрезсизлик жылларындағы мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың барысы ҳәмде Президент Пәрманының мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиндирилип өтилди.

16.09.2022 09:12:54 171