ПӘРМАН МАЗМУНЫ ҮГИТ-НӘСИЯТ ЕТИЛМЕКТЕ.

15.09.2022 16:04:59 180 Баспаға шығарыў

2022 жылдың 10-сентябрь күни Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине 7-«Даруазақум» сайлаў округинен сайланған депутат С.Калхановтың Кегейли районы “Қумшунгил” аўыл пуқаралар жыйынында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПП-213-санлы Пәрманының мазмунын ҳәм әҳмийетин үгит-нәсиятлаўға бағышланған ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыў барысында Ғәрезсизлик жылларындағы мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың барысы ҳәмде Президент Пәрманының мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиндирилип өтилди.

15.09.2022 16:04:59 181