ОРЫНЛАРДА ПРЕЗИДЕНТ ПӘРМАНЫ ҮГИТ-НӘСИЯТЛАНБАҚТА!

15.09.2022 15:57:18 120 Баспаға шығарыў

2022 жылдың 12-сентябрь күни Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине 14-«Ж.Бекмуратов» сайлаў округинен сайланған депутат Камалова Азима Қойлыбаевнаның Кегейли районы “Бахытлы” мәҳәлле пуқаралар жыйынында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПП-213-санлы Пәрманының мазмунын ҳәм әҳмийетин үгит-нәсиятлаўға бағышланған ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыў барысында Ғәрезсизлик жылларындағы мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың барысы ҳәмде Президент Пәрманының мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиндирилип өтилди.

15.09.2022 15:57:18 121