2022 жылдың 12-сентябрь Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине 12-санлы «Бердах» сайлаў округинен сайланған депутат Г.Жуманазарованың Кегейли районы “Кегейли Шымбай агро кластер” ЖШЖ мийнет жәмәәтинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПП-213-санлы Пәрманының мазмунын ҳәм әҳмийетин үгит-нәсиятлаўға бағышланған ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыў барысында Ғәрезсизлик жылларындағы мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың барысы ҳәмде Президент Пәрманының мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиндирилип өтилди.
ОРЫНЛАРДА ПРЕЗИДЕНТ ПӘРМАНЫ ҮГИТ-НӘСИЯТЛАНБАҚТА!
15.09.2022 15:53:43
435