Өзбекстанның миллий раӯажланыӯының жаңа басқышына қәдем қойып, барлық тараӯларда демократиялық жаңаланыӯларды әмелге асырып атырған бир дәӯирде, усы жылдың 31-август күни «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раӯажландырыӯ арқалы халықтың абаданлығын арттырыӯдың қосымша илажлары ҳаққында» Өзбекстан Республикасының ПФ-213 санлы Пәрманы қабыл етилди.
Онда Қарақалпақстанды ҳәр тәреплеме раӯажландырыӯ, пуқараларға мүнәсип турмыс шараятын жаратыӯ бойынша әҳмийетли ӯазыйпалар белгилеп берилди.
Бул Пәрман тийкарында Қарақалпақстанлы жаслар ушын айрықша итибар қаратылған. Атап айтқанда 2022-2023- оқыӯ жылы ушын Қарақалпақстан Республикасында улыӯма орта, орта арнаӯлы билимлендириӯ оқыӯ орынларын тамамлаған 500 жасларға, ал кейинги оқыӯ жылынан баслап 6500 жасларды қосымша қабыл етиӯ параметрлери тийкарында жоқары оқыӯ орынларына қабыл етилиӯ нәзерде тутылған.
Сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасында жас исбилерменлерге ислеп шығарыӯ ҳәм хызмет көрсетиӯ ушын зәрүр әсбап үскенелерди сатып алыӯ ушын жас исбилерменлерди қоллап қуӯатлаӯ жамғармасы есабынан 7-жыл мүддетке қарыз бериӯ режелестирилген.
Соның менен бул Пәрманда Қарақалпақстанда халықтың турмыс шараятын және де жақсылаӯ ҳәм социал экономикалық машқалаларды шешиӯ және аӯыр шараятлы аймақларды қоллап қуӯатлаӯ мақсетинде 2022-жыл үшинши шерегинен баслап 2024-жылдың ақырына шекем ҳәр шеректиң жуӯмағында қосымша қун салығы бойынша дәраматлар прогнозының арттырып орынланған бөлеги бурынғысынан басқаша тәризде, толық Қарақалпақстан Республикасында қалдыратуғынлығы белгилеп қойылған.
Сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасында шаңарақлық исбилерменликти раӯаландырыӯ дәстүри көлеминде проектлерди қаржыландырыӯ ушын 2022-жыл ақырына шекем дәстүр ушын ажыратылған ресурслар есабынан қосымша рәӯиште 200 миллиард сум кредит ажыратыӯ нәзерде тутылған.
Қарақалпақстан Республикасы аймағында аӯыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкалары, онлайн-аукцион саӯдаларына басланғыш баҳасы 50 процентке азайтылған ҳалда шығарылмақта.
Фермер хожалықлары ҳәм кластерлердиң пайдаланыӯдағы пахта ҳәм ғәлледен қысқартылатуғын, елатлы пунктке жақын суӯ тәмийнаты жақсы болған аймақлардан резервке қайтарылған жер майданлары дийхан хожалығын шөлкемлестирген ҳалда 2 гактарға шекем ашық электрон таңлаӯ арқалы 30 жылға ижараға бериӯ нәзерде тутылмақта.
Улыӯма айтқанда бул Пәрман Қарақалпақстан жаслары, улыӯма қарақалпақстан халқының турмыс шараятын жақсылаӯға қаратылған үлкен тарийхый ҳүжжет болып есапланды.
Аннақулов Халмурза
Халық депутатлары Кегейли районлық кеңесиниң депутаты.