Усы жылдың 31-август күни Қарақалпақстан Республикасының экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыўды нәзерде тутыўшы – Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПП-213-санлы Пәрманы қабыл етилди.
Жаңа Пәрманда ҳәр тәреплеме тараўларды қоллап-қуўатлаў менен бирге экспорт пенен шуғылланыўшы исбилерменлерге де бир қанша жеңилликлер берилген.
Атап айтқанда, шет мәмлекетлерге экспорт қылынатуғын өнимлерди ислеп шығарыўшы исбилерменлер ушын 2022-жыл 1-октябрьден 2028-жыл 1-январьға шекемги дәўирде:
-ислеп шығарылған өнимлерди сырт мәмлекетлерге экспорт етиўде;
-экспорт етилетуғын өнимлерди ислеп шығарыў ушын сатып алынған шийки затларды республика бойлап тасыўда;
транспорт қәрежетлериниң 70% муғдары Сыртқы саўда, инвестициялар, жергиликли санаатты раўажландырыў ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў мәслелери бойынша Ҳүкимет комиссиясы тәрепинен белгиленген дизимге тийкарланып Экспортты хошаметлеў агентлиги тәрепинен қаплап бериледи.
Бул жаратылып атырған қоллап-қуўатлаўлар әлбетте республикамыз исбилерменлериниң экспорт потенциалын асырыўға үлкен үлес қосыўы сөзсиз.
Жеңис Ембергенов,
Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң депутаты.