РЕСПУБЛИКА ИСШИ ТОПАР АҒЗАЛАРЫ ТӘРЕПИНЕН ИСБИЛЕРМЕНЛЕРГЕ ПӘРМАННЫҢ МАЗМУНЫ ТҮСИНДИРИЛДИ

08.09.2022 17:06:42 367 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы “Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациалық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы ПП-213-санлы Пәрманының мазмуны, әҳмийетин халық ҳәм исбилерменлер арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм де белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бүгин республика исши топар ағзалары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Б.Хабибуллаев басшылығында Кегейли районында болып, тийисли тараў ўәкиллери ҳәм исбилерменлер менен ушырасты.

Онда шығып сɵйлеўшилер тәрепинен пәрманда республикамыздың экономика тармақларында инновациялық процесслердиң жеделлесиўине ерисиў, ресурслардан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм аймақты жедел пәтлерде раўажландырыўда тийкарғы бағдарлары сыпатында аймақтың инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў арқалы аўыл хожалығы  өнимлерин жетистириўди көбейтиў ҳәм қолайлы агробизнес орталығын жаратыў, билимлендириў тараўында қосымша имканиятлар ҳәм инсан капиталының раўажланыўын жаңа басқышқа көтериўге шараят жаратыў баслы бағдар етип белгиленгенлиги айрықша атап өтилди.

Ушырасыў даўамында район турғынлары ҳәм исбилерменлери республика исши топары ағзаларына ɵзлерин исбилерменлик  тараўы бойынша қыйнап киятырған машқалаларын билдирип өтти ҳәм машқалаларының унамлы шешимине еристи.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

08.09.2022 17:06:42 368