ХАЛҚЫМЫЗҒА БОЛҒАН АЙРЫҚША ИТИБАР

08.09.2022 09:09:43 469 Баспаға шығарыў

Елимизде әмелге асырылып атырған ҳәр қандай реформалар ең жоқары қәдирият — инсан ҳәм оның қәдир-қымбаты менен белгиленип, тыныш ҳәм абадан турмысымызды тәмийинлеўге хызмет етпекте. Соның нәтийжесинде халқымыздың келешекке бол­ған исеними және де беккемленип, елимиздиң келбети менен халқымыздың ой-пикири пүткиллей өзгерип, жаңадан-жаңа табыслар қолға киргизилмекте.

Әсиресе, Журтбасшымыз тәрепинен 2021-2026-жылларда елимизди раўажландырыўдың бес әҳмийетли бағдары бойынша Раўажланыў стратегиясы, Аралбойы регионын ҳәм бир қатар районларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша мәмлекетлик бағдарламалардың қабыл етилиўи бəршемизди еле де дөретиўшилик ислерге руўхландырады.

Бəршемизге белгили,  усы жылдың 26-август күни Президентимиз Ш.М.Мирзиёев Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңесиниң нәўбеттен тысқары 34-сессиясында қатнасып, сессияда Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў, аграр тараўдағы мәселелерди шешиў, санаат жойбарларын көбейтиў, инфраструктураны, халықты социаллық қорғаў, жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм бир қатар жеңилликлерди бериў бо­йынша зәрүр тапсырмаларды берген еди.

Усы жылдың 31-август күни, сессия күн тәртибинде берилген  тапсырмалар ҳәм де Қарақалпақстан Республикасының экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыўды нәзерде тутыўшы — Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПФ-213-санлы Пәрманы қабыл етилди.

Пəрманға муўапық, 2022-жыл 15-сентябрьден баслап Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятларында жасайтуғын жасына байланыслы пенсия ҳәм напақа алатуғынлар, майыплығы болған адамлар ушын темир жол ҳәм авиажолаўшылар ушын билетлерди сатып алыўда 50 процент­лик жеңилликли тарифлер қайта тикленди.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан республикасында жайласқан дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң жер майданларын суўғарыў ушын тереңлиги 5 метрден артық болған ҳәр бир вертикал суўғарыў қудығын бурғылаў ҳәм иске қосыўға байланыслы қәрежетлерин қаплаўға қудықтың ҳәр бир метр тереңлиги ушын 100 мың сумнан, базалық есаплаў муғдарының 50 есесинен аспаған муғдарда субсидиялар ажыратылыў белгиленди.

Жəнеде, 2022-2023-оқыў жылында Қарақалпақстан Республикасында улыўма орта, орта-арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерин тамамлаған 500, кейинги жыллары ушын болса ҳәр жылы 1-сентябрьге шекем 6 500 жаслар ўәлаятлардағы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине қосымша қабыллаў параметрлери тийкарында оқыўға қабыл етилиў нəзерде тутылған болса, ал, 2022-2026-жылларда Қарақалпақстанда мектепке шекемги билимлендириў, улыўма орта билимлендириў ҳәм медицина объектлерин қурыўға мәмлекетлик бюджет есабынан қосымша 5 триллион сўм ажыратылыў белгилеп берилди.

Бул болса өз гезегинде Президентимиздиң Қарақалпақстанға деген айрықша итибары және ғамқорлығының әмелдеги көриниси болып табылады.

 

Ережеп Мухамбетов,

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутаты.

 

08.09.2022 09:09:43 470