ҚАРАҚАЛПАҚСТАНЛЫ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР ҲӘР ТӘРЕПЛЕМЕ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАНАДЫ.

08.09.2022 09:05:29 176 Баспаға шығарыў

Кейинги 6 жыллықта Арал бойы аймағын, соның ишинде Қарақалпақстан Республикасын комплексли раўажландырыўға қаратылған бир қатар Президент ҳүжжетлери ҳәм Ҳүкимет қарарлары қабыл етилди ҳәм оларда халқымыз ушын бир қатар жеңилликлер берилди.

Усы жылдың 31-август сәнесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПП-213-санлы Пәрманы қабыл етилди.

Пәрманда Қарақалпақстан Республикасында исбилерменликти раўажландырыўды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылған. Исбилерменлер ушын айланба салық, мал-мүлк ҳәм жер салықлары төлемлери бойынша жаратылған имтиязлар, жас исбилерменлеримиз ушын
7 жыл мүддетке қарыз тийкарында қаржылардың берилиўи ҳәм Қарақалпақстанлы шаңарақ исбилерменлери ушын усы жылдың ақырына шекем 200 миллиард сўм қосымша имтиязлы кредит қаржыларының ажыратылыўы республикамызда исбилерменликтиң тез пәт пенен раўажланыўына үлес қосылыўы сөзсиз.

Гүлжамал Темирбекова

Халық депутатлары Кегейли

районлық Кеңеси депутаты

08.09.2022 09:05:29 177