Мәмлекетимизде қабыл етилип атырылған нызамшылық ҳүжжетлери, түпкиликли реформалар ең дәслеп «Инсан қәдири ушын» деген ийгиликли принцип тийкарында әмелге асырылмақта.
Президентимиз Ш.М.Мирзиёев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң нәўбеттен тысқары 34-сессиясында қатнасып, сессияда Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў, аграр тараўдындағы мәселелерди шешиў, санаат жойбарларын көбейтиў, инфраструктураны, халықты социаллық қорғаў, жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар жеңилликлерди бериў бойынша зәрүр тапсырмаларды берген еди.
Көтерилген мәселелер, берилген тапсырмалар ҳәмде Қарақалпақстан Республикасының экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыўды нәзерде тутыўшы – Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПП-213-санлы Пәрманы қабыл етилди.
Пәрманда 2022-жыл 15-сентябрден баслап Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятларында жасайтуғын жасына байланыслы пенсия ҳәм напақа алатуғынлар, майыплығы болған адамлар ушын темир жол ҳәм авиажолаўшылар ушын билетлерди сатып алыўда 50 процентлик жеңилликли тарифлер қайта тикленди.
Соның менен бир қатарда, 2022-жыл 1-октябрге шекем «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы арқалы анықланған кем тәмийинленген шаңарақларға қыс мәўсимин қосымша шығынсыз өткериў ушын (көмир, суйылтырылған газ, азық-аўқат, басқа да зәрүрликлер ушын) ҳәр бир кем тәмийинленген шаңараққа базалық есаплаў муғдарының 2 есеси муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем пуллары ажыратылыўы белгиленди.
С.Қалханов
Халық депутатлары Кегейли районлық
Кеңеси депутаты