Кегейли районы ХББ не қараслы улыўма орта билим бериў мектеплеринде “Билимлер күни” мүнәсибети менен жаңа оқыў жылының биринши қоңыраўы қағылды

05.09.2022 16:23:33 545 Баспаға шығарыў

Усындай байрам кешеси райондағы 15-санлы мектепте өткерилип, илажға Кегейли районы Әдиллик бɵлими, Мәмлекетлик хызметлер орайының бɵлим баслыгы С.Отегенов ҳәм бир қатар билимлендириў тараўы хызметкерлери менен ата-аналар қатнасты.

Онда шығып сөйлегенлер, мектеп жәмәәти менен оқыўшыларды жаңа оқыў жылы менен қутлықлап, ғәрезсизлигимиздиң жемислерин атап өтти ҳәм биринши класқа қабылланып атырған кишкенелеримизге, Президент саўғалары салтанатлы жағдайда тапсырылды.

 

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

05.09.2022 16:23:33 546