Кегейлиде “Өрнекли ҳаяллар” ҳәрекети ағзалары сайланды

31.08.2022 11:21:33 357 Баспаға шығарыў

Олардың ўазыйпалары етип жәмийетте жаңа руўхый-ағартыўшылық орталықты жаратыў, миллий қәдириятлар, муқаддес үрп-әдетлерди жаслардың санасына сиңдириўге қаратылған системалы үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў, мәҳәллелерде шаңарақларды беккемлеў, перзент тәрбиясында ата-ананың жуўапкершилигин, үлгили ата-ана болыўдың әҳмийетин халыққа жеткериў, ҳаяллар, әсиресе, жас қызларды шаңараққа ҳәм Ўатанға садықлық, пидайылық туйғыларын сиңдириў, “әдепли қыз” ҳәм “мәғрипатлы ана” көринисин қәлиплестириўге қаратылған ис-илажларды әмелге асырыў, перзент әсиресе қызлар тәрбиясы, шаңарақ, аналар мәнаўиятын жетилистириў, шаңарақларда китапханлық мәдениятын жетилистириў ҳәм усы сыяқлы бирқанша жумыслар белгилеп берилген.

Өткерилген мәжилисте Кегейли районы ҳәкими орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Хожамбергенова мине усы ўазыйпалар ҳаққында районымыздың барлық аймақларынан жыйналған белсенди ҳәм басламашы ҳаялларға түсиндирип өтти. Соннан соң  районымыздағы 16 мәҳәллеге “Өрнекли ҳаяллар” ҳәрекети ағзалары таңланып,  ашық даўыс бериў арқалы олардың баслығы етип районлық 17-санлы Мектепке шекемги билимлендириў шɵлкеми баслығы Г.Тилеўмуратова сайланды.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

 

31.08.2022 11:21:33 358