КЕГЕЙЛИ РАЙОНЫНЫҢ СТАТИСТИКАЛЫҚ МАҒЛЫЎМАТЫ

30.08.2022 17:29:11 270 Баспаға шығарыў

2022-жылдың 1-август ҳалатына  районымыз аймағында 1383 хожалық жүритиўиши субьектлер мəмлекетлик дизимге алынған болып, соннан киши бизнес субьектлери  855 ти  қурайды. Дизимге алынған  киши бизнес субьектлеринен ҳəрекет етип турғаны  812 субъект болып,  соннан  105 субъект   жыл басынан жаңадан ашылып  бүгинги күнде өз жумысларын жолға қойып өз хызметлерин халқымызға усынбақта. Жаңадан ашылған исбилерменлик субъектлерине мəмлекетимиз тəрепинен берилип атырған жеңилликлер ҳəм статистика бөлимине тапсырылатуғын мəмлекетлик статистикалық есабатлар ҳәм олардиң мүддетлери ҳаққында түсинидириў жумыслары алып барылмақта.

Районымызда дизимге алынған киши бизнес субъектлеринен санаат кәрханалари саны 99, қурылыс кәрханалари саны 68, саўда кәрханалари саны 173, ҳәмде 288 аўыл хожалығы ҳ.т.б. кәрханалардан ибарат.

2022 жылдың 1-август халатына район аймағында ҳәрекет етип турған санаат кәрханалары тәрепинен 106,9 млрд. сумлық санаат өнимлери, сыртқы саўда айланбасы  5,2 млн. АҚШ доллар, усақлап сатыў товар айланбасы 175,7 млрд. сум, жәми хызметлер тараўы 104,5 млрд сум болып 112,2 пайызды қурады ҳәм ɵсим пәти тәмийнленди.

 

         Кегейли районы статистика бөлими

30.08.2022 17:29:11 271