Халқымыздың неше әсирлер тарийхы даўамында арзыў етип, умтылып жасаған ҳәм ХХ әсир ақырында ерискен, елимиз турмысы ҳәм тәғдиринде түпкиликли бурылыс жасаған, ҳақыйқый мәнидеги уллы, даңқлы сәнеси – Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жәрияланғанына отыз бир жыл толмақта.
Ғәрезсизлик жылларында көп миллетли мәмлекетимиз халқы соның ишинде Қарақалпақ халқы өзиниң жоқары потенциалы, беккем ерк-ықрары менен аўыр сынақ ҳәм машақатларды мәртлерше жеңип, үлкен раўажланыў жолын басып өтпекте.
Бүгин елимиз экономикасы турақлы бағдарланған, пуқаралардың турмыс дәрежеси, сиясий-жәмийетлик белсендилиги, сана-сезими күн сайын жоқарылап баратырған жәҳән жәмийетшилигиниң тең ҳуқықлы ағзасы сыпатында қоңсылас ҳәм шет мәмлекетлер менен дослық ҳәм бирге ислесиў қатнасықларын кең көлемде алып барып атырған заманагөй, ашық ҳәм демократиялық мәмлекетке айланды.
Соңғы жыллары әмелге асырылып атырған реформаларымыз нәтийжесинде, әсиресе, 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын турмысқа енгизиў тийкарында елимиздиң сиясий, ҳуқықый, социаллық-экономикалық, руўхый-ағартыўшылық турмысын түп-тийкарынан жаңалаў, «Миллий тиклениўден – миллий раўажланыўға қарай» идеясын реал мақсетке айландырыў бағдарында салмақлы жетискенликлерге ерисилди. Белгиленген бес тийкарғы бағдар бойынша мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларын түпкиликли реформалаўға қаратылған 300 ге шамалас нызам, 4 мыңнан аслам Өзбекстан Республикасы Президенти қарарлары қабыл етилди.
Өзбекстанды раўажландырыўдың екинши басқышы ретинде қабыл етилген «Ҳәрекетлер стратегиясынан – Раўажланыў стратегиясына қарай» принципине тийкарланып ислеп шығылған «Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы» жәмийетимизди раўажланыдырыўдың жети тийкарғы бағдарын өз ишине қамтыды. Бириншиден инсан қәдирин көтериў ҳәм еркин пуқаралық жәмийетти буннан былай да раўажландырыў арқалы халықшыл мәмлекет қурыў, екиншиден, мәмлекетимизде әдиллик ҳәм нызам үстинлиги принциплерин раўажланыўдың ең тийкарғы ҳәм зәрүр шәртине айландырыў, үшиншиден, миллий экономиканы жедел раўажландырыў ҳәм жоқары өсиў пәтлерин тәмийинлеў, тѳртиншиден, әдил социаллық сиясат жүргизиў, инсан капиталын раўажландырыў, бесинши руўхый раўажланыўды тәмийинлеў ҳәм тараўды жаңа басқышқа алып шығыў, алтыншы, миллий мәплерден келип шыққан ҳалда улыўма инсаныйлық машқалаларға қатнас жасаў, жетинши бағдар болса мәмлекетимиз қәўипсизлиги ҳәм қорғаныў потенциалын күшейтиў, ашық-айдын, прагматикалық ҳәм жедел сыртқы сиясат алып барыў бағдарлары белгиленген.
Әлбетте бул белгиленген бағдарлар ис жүзинде әмелге асырылып, халқымыздың социаллық ҳәм экономикалық турмысының жақсыланыўы, ертеңги келешегимиз ийелери болған жасларымыздың заманагөй тәлим тәрбия алыўына толық имканиятлар жаратылады деп беккем исеним билдиремиз.
Аспаны ашық, парахатшылық ҳәм тынышлық қоным тапқан бийғәрез елимизге кѳз тиймесин.
Ғәрезсизлигимиз мәңги болсын!
Матеков Бердақ. Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы
Кегейли районлық бѳлими баслығы.