Кегейли районында инвестииялық жойбарлардың орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша» ашық сәўбет

26.08.2022 16:52:10 219 Баспаға шығарыў

Бүгин Кегейли районы ҳәкиминиң инвестиция мәселелери бойынша орынбасары, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығы Алпысбай Аманбаевтың қатнасыўында «Кегейли районында инвестииялық жойбарлардың орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша» ашық сәўбет шолкемлестирилди.

Онда атап ɵтилгениндей, Кегейли районында 2022-2023 жылларда улыўма баҳасы
975 млрд. 356 млн.сўм болған 55 жойбар амелге асырылыўы ҳәм
2799 жаңа жумыс орны жаратылыўы режелестирилген болып, соннан, 2022-жыл даӯамында улыӯма баҳасы 290,4 млрд.сўм муғдарындағы 29 жойбар иске түсирилиӯи ҳәм 1571 жаңа жумыс орны жаратылыӯы режелестирилген.

Ал, 2023-жыл даӯамында улыӯма баҳасы 684,9 млрд.сўм 26 жойбар иске түсирилиӯи ҳәм 1 228 жаңа жумыс орны жаратылыӯы нәзерде тутылған болса, 2022-2023жылларда Әндижан ўәлаяты исбилерменлери тәрепинен улыўма баҳасы
608 млрд. 876 млн.сўм болған 24 жойбар амелге асырылыўы ҳәм
1 985 жаңа жумыс орны жаратылыўы режелестирилген.

Соннан, 2022-жыл даӯамында улыӯма баҳасы 116,1 млрд.сўм муғдарындағы 5 жойбар иске түсирилиӯи ҳәм 825 жаңа жумыс орны жаратылылады, ал, 2023-жыл даӯамында улыӯма баҳасы 438,9 млрд.сўм 19 жойбар иске түсирилиӯи ҳәм 1160 жаңа жумыс орны жаратылыӯы реже етип белгилеп алынған.

 

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

26.08.2022 16:52:10 220