ҲӘКИМЛИКТИҢ РӘСМИЙ ЖУЎАБЫ

15.08.2022 14:20:19 239 Баспаға шығарыў

Еркин Қарақалпақстан газетасының 2022-жыл 13-августтағы №69-санында «20 жылға созылған даў ямаса үй алды қыйтақ жерлериниң суўсыз қалыўына ким айыплы» атамасында Кегейли районы менен байланыслы болған сын мақала жәрияланды.

Мақалада Кегейли районы Бахытлы МПЖ ның «Қумɵзек», «Кɵкɵзек», «Тентекɵзек», «Камалат» ҳәм «Табыскер» кɵшелеринде жасаўшы пуқаралардың қыйтақ жерлерин суўғарыў ушын Тентек-жаптан алатуғын сағасының басына Кум-ɵзек кɵшесинде жасаўшы пуқаралар Б.Муратова ҳәм баласы Б.Қутжановлардың сағаға ɵтиўши жолды нызамсыз ийелеп, темир қорған менен қоршалап, ҳеш кимди кирғизбей атырғанлығы қыйыншылықларды пайда етип киятырғанлығы ҳәм булл бойынша район басшылары тәрепинен сезилерли жумыс алып барылмай атырғанлығын сынға алған.

Ал, ҳақықатында болса, усы аймақ пуқараларының 20 жылға жақын ўақыттан берли машқала болып киятырған мүрәжаты быйылғы жылға келип Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов тәрепинен итибарға алынып, жуўапкер тараў басшыларына тийисли тәртипте тапсырмалар бериўи ҳәм орынланыўын қадағалаўға алғанының нәтийжесинде даўлы мәселе нызам жолы менен тийисли тәртипте шешилиўи зәрүрлиги анықланып, Кадастр агентлиги Кегейли районы бѳлими тәрепинен пуқаралық ислери бойынша Шымбайрайонлараралық судына даўа арза киритилип усы судтың 2022-жыл 20-июль күнги шешими менен талапкер Кадастр агентлигиниң даўасы қысман қанаатлантырылып жуўапкер Б.Қутжановтың Кегейли районы «Бахытлы» МПЖ, Қум ѳзек кɵшесинде жайласқан турақ жай имәраты жер майданына тутас болған 5 метр жер орынға ѳзбасымшалық пенен қурылған жуўапкер Б.Қутжановтың есабынан мәжбүрий буздырыў ҳаққында қарар қабыл етилген.

Усы судтың қарарының жуўмақлаўшы бѳлиминде нызамлы күшине кириў мүддети бир ай деп кѳрсетилген.

Бирақ, мақалада болса суд қарарының шықанлығына 20 күн болсада орынланыўы кешиктирилип атырғанлығы кѳрсетилген.

Сондай-ақ, судтың қарары нызамлы күшке кирген күни орынлаўға қаратылып Мәжбүрий орынлаў бюросының Мәмлекет орынлаўшысы тәрепинен Ѳзбекстан Республикасы «Суд ҳүжжетлери ҳәмде басқа уйым ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Нызамының 23-статьясы 4-бѳлиминде орынлаў исин қозғаў ҳаққындағы қарар нусқасы шығарылған күнниң ертесинен кешиктирмей ɵндириўшиге, қарыздарға, ҳужжетти орынлаўы лазым болған уйымға суд ямаса басқа уйымларға жиберилиўи нәзерде тутылған.

Усы нызамның 9-статьясында орынлаў исин журитиўде ѳндириўши ҳәм қарыздар орынлаў исин журитиўде тәреплер болып есапланатуғынлығы белгиленген.

Бул мәселеде суд қарары менен орынланыўы лазым болған орынлаў ҳүжжетлери бойынша Кегейли районы ҳакимлиги тәреп болып есапланбайтуғынлығын мәлимлеймиз. 

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

15.08.2022 14:20:19 240