ЖАСЫЛ РЕАБЕЛИТАЦИЯ БОЙЫНША ИНВЕСТИЦИЯ ЖОЙБАРЫ

26.08.2022 17:07:40 623 Баспаға шығарыў

Корея халық-аралық бирге ислесиў Агентлиги  (KOICA) ҳәм Глобал жасыл өсиў институты (GGGI) тәрепинен қаржыландырылған «Арал теңизи апатшылығының тәсирин сапластырыў ушын Қарақалпақстан Республикасын жасыл реабилитациялаў инвестициялық жойбары» тәбийғый апатлардан ең кɵп жәбир кɵрген аймақ халқына жәрдем кɵрсетиу, мазмунлы ис режелерди ислеп шығыў арқалы Қарақалпақстан Республикасы аймағын жасыл реабелитациялаўға ɵз үлесин қосыўшы жойбар болып, климаттың ɵзгериўине шыдамлы агробизнес моделлери тийкарында турақлы күн кɵристи тәмийинлеўге қаратылған.

Жойбар Қарақалпақстан Республикасы Ҳүкимети, Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети,  Human Asia, Green Asia Network  мәмлектлик уйымлар менен биргеликте әмелге асырылмақта. Жойбарды Кегейли, Бозатау, Шымбай, Караозек  районлары аймағында әмелге асырыў режелестирилген, болып, бүгин бул бойныша семинар Кегейли районында ɵткерилди.

 

Жойбардың тийкарғы мақсети,  Қарақалпақстанда климатқа шыдамлы аўыл хожалығы менен бирге агробизнестиң қосымша күн дизбегин жаратыў арқалы табияттын апатшылык қәўпин азайтатуғын , азық-аўқат қәўипсизлиги  менен турмыс шараятын жақсылайтуғын , соның менен бирге жергиликли халықты турақлы жумыс орынлары менен тәмийинлеўге жәрдемлесетуғын жасыл реабелитация, инвестиция режесин ислеп шығыўдан ибарат.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
➡️@kegeylirkuzofficial

26.08.2022 17:07:40 624