Кегейли районы ХББ қараслы неше мектепте қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылды? 2022-2023-жылда гүз-қыс мәўсимине таярлық жумыслары қандай?

23.08.2022 10:13:21 405 Баспаға шығарыў

Быйылғы жылда Кегейли районында арнаўлы бағдарламалар тийкарында билимлендириў мектеплеринда қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары алып барылмақта.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 28-декабрь  күнги
ПК-4936-санлы қарары тийкарында 2-секторы аймағында жайласқан «Жылыўан-жап» МПЖ,  бөлимге қараслы  55-санлы улыўма орта билим бериў мектеп имаратына 2022-жыл реконструкция жумысларын алып барыў ушын Республика бюджети есабынан 5,112 млн сум ажыратылып мектеп имараты жанынан қосымша 320 оқыўшы орынлы мектеп имаратын қурыў ҳәм  «Ақтуба» АПЖ аймағында жайласқан 13-санлы улыўма орта билим бериў мектеби имаратын капитал оңлаў ушын 2 млрд 946 млн сўм қаржы ажыратылып қурылыс онлаў жумыслары алып барылмақда.

Сондай-ақ,  «Абат» АПЖ аймағында жайласқан 39-санлы улыўма орта билим бериў мектебине реконструкция есабынан 12х24 өлшемдеги спорт зал қурыў ушын 1 млд 778 млн сўм қаржы ажыратылып бүгинги күнде оңлаў жумыслары алып барылмақта.

Ал, 2022-жыл жергиликли бюджет есабынан қаратылған қаржылар есабынан «Жаңабазар» АПЖ аймағында жайласқан 12-санлы улыўма орта билим бериў мектебине жеңил оңлаў жумысларын алып барыў ушын 681,2 млн сўм қаржы режелестирилип смета ҳүжжетлерин тендр ойынға қойылып, бүгинги күнде қурлыс жумыслары алып барылмақта.

Сондай-ақ , аймақтағы 35-санлы улыўма орта билим бериў мектебине жергиликли бюджет есабынан жеңил оңлаў жумысларын алып барыў ушын 666,9 млн сўм қаржы режелестирилип смета ҳүжжетлерин тендр ойынға койылды.

2022-2023-жылар гүз-қыс мәўсими шығынсыз өткериў мақсетинде билимлендириў мекемелериниң 2022-2023 оқыў жылына
гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў ушын газ басымы болмайтуғын ҳәм аз болатуғын аймақларда жайласқан 20 билимлендириў мекемелерине қосымша көмир жанылғы ушын 528 тонна көмир отынға буйрытпа берилип, бүгинги күнде 443 тонна көмир отын толығы менен тасып жеткерип берилген.

Кегейли районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 38 улыўма орта билим бериў мектеплерине караслы  14 мектеп филиаллары хызмет көрсетип келинбекте.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң жыйналысының 2022-жыл 15-мартағы 40-санлы баяннамасы 8-банти белгилеп берилген тапсырмалар тийкарында «Жалпақ-жап» АПЖ аймағында жайласқан 7-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң филиалы имараты жаңадан 24 оқыўшы орынлы имаратын қурыў ушын 375 млн сўм қаржы ажыратылып  бүгинги күнде оңлаў жумыслары алып барылмақта.

Усы баянлама тийкарында «Ақтуба» АПЖ аймағында жайласқан 10 ҳәм 26-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң филиалы имаратын жаңадан қурыў бойынша бүгинги күнде оңлаў жумыслары алып барылмақта.

Әлбетте, бүгин билимлендириў мектеплерине қаратылып атырған итибар, жас әўладтын келешегине қаратылған итибар болып есапланады. Жоқары итибар ҳәм жаратылған имканиятлар болса, ўақты келип ɵзиниң унамлы нәтийжесин кɵрсетиўине исенимимиз кәмил.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

23.08.2022 10:13:21 406