«Халқабад дийхан базары»нда түсиндириў жумыслары алып барылды

19.08.2022 10:15:56 409 Баспаға шығарыў

Кегейли районы аймағында жаз мәўсиминде халық арасында көп ушырасатуғын ботулизм, яғный, аўқаттан зәҳәрлениў кеселлигиниң алдын алыў бойынша Өзбекстан Республикасы санитария эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызметиниң  2022-жыл  20-июль күнги «Халық арасында жуқпалы асқазан-ишек кеселликлери ҳәм топарлы аўқаттан зәҳәрлениў жағдайларының алдын алыўға қаратылған ис-илажларды әмелге асырыў ҳаққында»ғы 18-санлы Қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде район аймағында жайласқан «Халқабад дийхан базары» ЖШЖ аймағында районлық санитария эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими ҳәм районлық айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери менен биргеликте халыққа ҳәм сатыўшыларға түсиник жумыслары алып барылды.

Түсиник жүмыслары даўамында азық-аўқат саўда орынларында сапасы ҳәм қәўипсизлик мүддети белгисиз болған азық-аўқат өнимлерин сатылмаўы, ҳәм ондай азық-аўқат онимлеринен қандай пайдаланыў бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды, сондай-ақ, дийхан базар аймағында пуқаралар тәрепинен белгиленбеген орынларда үй шараятында таярланған азық-аўқат өнимлерин сатылыулардын алдын алыў ҳәм тез сапасын жоғалтатуғын ɵнимлерди саттырмаў бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды, түсиник жүмыслары ўақтында азық-аўқат өнимлери менен саўда орынларына ҳәмде саўда сатық ислеўши пуқараларға аўқаттан ҳәмде ботулизм кеселиклери келип шығыўы ҳәм алдын алыў бойынша түсиник жумыслары алып барылды.

Дийхан базар баслығына базарлардың санитариялық жағдайларын турақлы түрде жақсылап барыў бойынша тийисли көрсетпелер берилди.Сондай ақ сатыўшыларға буклетлер тарқатылды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

 

19.08.2022 10:15:56 410