ТУРАҚЛЫ КОМИССИЯ МӘЖИЛИСИ

18.08.2022 10:13:47 103 Баспаға шығарыў

Белгиленген ис-реже тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясының мәжилиси болып өтти.
Мәжилис күн тәртибинде «Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы қаржылары есабынан жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржы ажыратыў ҳаққындағы мәселелер кеңнен талқыланды.
Мәжилис күн тәртибиндеги көрилген мәселе бойынша тийисли шешимлер қабыл етилди.

18.08.2022 10:13:47 104