Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ гезектеги 56-сессиясынан мәлимлеме

17.08.2022 16:03:42 206 Баспаға шығарыў

Сессия мәжилисине район ҳәкиминиң орынбасарлары, район сектор басшылары, мәкемелер ҳәм жәмийетлик бирлеспелер баслықлары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ баслығы Д.Утемуратов ашты ҳәм басқарып барды.

Сессия күн тәртибинде төмендеги мәселелер көрип шығылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының Мәҳәллеларде исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшилери жумысларының нәтийжелилиги, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 31-марттағы 145-санлы қарарының орынланыўы бойынша «Ҳаяллар дәптер»ин жүргизиў арқалы ҳаял қызлар машқалаларын системалы түрде шешиў ҳәм оларды социаллық қоллап-қуўатлаў тәртиби ҳаққындағы нызамның орынланыўы ҳәм жаслар жетекшилери жумысларындағы орын алған кемшиликлер туўралы мәлимлемеси ҳаққында.Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022 жыл 25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққында.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022 жыл 19-майдағы “Мәмлекетлик улыўма орта билимлендириў мәкемелери оқыўшыларын заманогөй бирден-бир мектеп формасы менен тәмийинлеўдиң қосымша илажлары ҳаққында”ғы қарарының орынланыўы ҳаққында.Кегейли районлық әдиллик бөлими баслығының район шеңбериндеги мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумысы ҳәмде ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайлары туўралы мәлимлемеси ҳаққында.Кегейли районлық ишки ислер бөлиминиң жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў нәтийжелери,аймақта жүз берген аўыр ҳәм оғада аўыр түрдеги жынайый жағдайлар туўралы мәлимлемеси ҳаққында.Кегейли районлық мәмлекетлик салық инспекциясы баслығының 2022-жылдың биринши ярым жыллығы жуўмағы бойынша салық түсими ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер бойынша прогноз көрсеткишлериниң орынланыўы туўралы есабаты ҳаққында.Кегейли районлық финанс бөлими баслығының 2022-жылдың биринши ярым жыллығы жуўмағы бойынша жергиликли бюджет параметрлериниң орынланыўы туўралы есабаты ҳаққында.Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2022 жылдың екинши шереги жуўмағы менен дәраматлар режесиниң артық орынланған бөлеги есабынан анықланған қаржыларының жумсалыў жөнелислери ҳаққында.Кегейли районы “Жаслар дәптери” фонды қаржыларын қәлиплестириў, басқарыў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша Қәўендерлик кеңеси қурамына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында.«Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы қаржылары есабынан жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржы ажыратыў ҳаққында.Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында.Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ ўәкилликлерине киретуғын басқада мәселелер.

Сессияныӊ күн тәртибиндеги көрип шығылған мәселелер бойынша тийисли шешимлер қабыл етилди.

 

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

17.08.2022 16:03:42 207