МҮРӘЖАТЛАР ҚАБЫЛЛАНЫП, МАШҚАЛАЛАР ҮЙРЕНИЛДИ

12.08.2022 11:31:48 287 Баспаға шығарыў

Бүгин район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында белгиленген реже тийкарында район ҳәкими Д.Утемуратов басшылығында район сектор басшыларының пуқаралардың мүрәжатларын үйренип шығыў бойынша қабыллаў ɵткерилди.
Қабыллаўға районның барлық аймақларынан 60 тан аслам пуқаралар қатнасты.

Қабыллаў дәслебинде район ҳәкими Д.Утемуратов пуқараларға елимизде әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалардың мазмун-мәнисин, инсан қәдири ушын исленип атырған жумысларымыздың әҳмийетин кеңнен түсиндирип, бул ɵзгерис ҳәм жаңаланыўларға ҳәр бир пуқара үлес қосыўы кереклигин атап ɵтти.

Буннан соң, пуқаралар ɵзлериниң турмыслық машқалалары тийкарында бир қатар мүрәжатлары менен сɵзге шығып, пикир-усынысларын билдирди. Әсиресе, егислик суў мәселесиндеги мүрәжатлар дыққат-итибарда болып, пуқаралардың үй алды қыйтақ жерлерине суў жетип барыўына тосқынлық етип атырған машқалаларды сапластырыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Буннан тысқары, үй-жай, кадастр, комуналлық хызметлер ҳәм балалар напақасын тайынлаў бойынша мүрәжатлар сол орынның ɵзинде ҳәр тәреплеме үйренилди.

Қабыллаў дауамында ҳәкимликтиң жәрдеминде машқалалары унамлы шешилген пуқаралар ҳәм жаслар ɵзлериниң миннетдаршылықларын билдирип өтти.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial

12.08.2022 11:31:48 288