КЕЛЕСИ ЖЫЛ ҲАСЫЛЫ УШЫН ҒӘЛЛЕ ЕГИНИН ЕГИЎ ЖУМЫСЛАРЫ БАСЛАНДЫ

12.08.2022 11:29:30 164 Баспаға шығарыў

Бүгин райондағы “Жүзимбағ” АПЖ аймағындағы “Бекзад Азат” фермер хожалығында 2023-жылдың гүзлик бийдай егисине таярлық көриў жумысларына арналған семинар кеңес болып өтти.

Семинарға Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министри Ш.Ҳамраев, Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы Министриниң биринши орынбасары Ш. Тешаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Д.Қайпов, республика ҳәм район сектор баслықлары, фермерлер менен аўыл хожалығына тийисли тараў басшылары қатнасты.

Семинарда шығып сөйлеўшилер бийдай егисине қатнасыўшы техникаларды мәўсимге таярлаў жумысларын әмелге асырыў зәрүрлигин атап өтти.

Районда 2023-жылдың бийдай зүрәәти ушын 208 фермер хожалықлары тәрепинен 4000 гектар майданға бийдай егиў режелестирилген болып, аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен бийдай егиў ушын жерлерге таярлық жумыслары баслап жиберилди.

Семинар соңында егиске қатнасыўшы техникалар бир қатар көзден өткерилди ҳәм жақсы нийетлер менен туқым шашылды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial

12.08.2022 11:29:30 165