ПРОКУРАТУРА БАСЛАМАСЫ МЕНЕН ӨТКЕРИЛГЕН ИЛАЖ

02.08.2022 09:31:48 296 Баспаға шығарыў

Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы, Қарақалпақстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги менен биргеликте тастыйықланған реже тийкарында, республикамыздың барлық аймақларында “Жаслар дәптери”не дизимге алынған жаслар ушын мәдений, руўхый-ағартыўшылық илажларын өткериў белгиленген еди.

Усы тийкарда бүгин, Кегейли районы 11-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде район прокурорына бириктирилген 2-сектор аймағына қараслы мәҳәллелерде жасаўшы “Жаслар”, “Темир” ҳәм “Ҳаяллар дәптери”не киргизилген пуқаралардың қатнасыўында мәдений илаж шөлкемлестирилди.

Илажда Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрының дөретиўшилик жәмәәти тәрепинен комедиялық жанрдағы әжайып спектакль сахналастырылып тамашагөйлердиң нәзерине усынылды. Ал, елимизге белгили эстрада қосықшыларының атқарыўындағы йошлы қосықлар жыйналғанларға руўхый заўық бағышлады.

02.08.2022 09:31:48 297