МАШҚАЛА, ЕСАБАТ, ПИКИР-УСЫНЫСЛАР ТЫҢЛАНДЫ

03.08.2022 09:27:08 214 Баспаға шығарыў

Бүгин район ҳәкимине бириктирилген 1-секторға қараслы Көк өзек аўыл пуқаралар жыйынында район ҳәкиминиң биринши орынбасары М.Ниязовтың аймақ пуқаралаоы менен ашық сәўбетлесиўи өткерилди.

Сәўбет дәслебинде, мәҳәллеге бириктирилген ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси ҳәм жаслар жетекшисиниң усы күнге дейин әмелге асырған жумысларының есабатлары тыңланды.

Сондай-ақ, аймақ турғынлары өзлерин қыйнап киятырған күнделикли турмыстағы бир қатар машқалаларын ортаға таслады. Әсиресе, ортаға тасланған жол мәселесиндеги машқалалар ҳәким орынбасары ҳәм жуўапкер ўәкиллердиң баслы итибарында болды ҳәм оның унамлы шешими бойынша пикир-усыныслар тыңланып, унамлы шешими бойынша келисилип алынды.

03.08.2022 09:27:08 215