Халықты дизимге алыў бойынша оқыў семинары шөлкемлестирилди

01.08.2022 11:55:18 145 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги “θзбекстан Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў
илажлары ҳаққында”ғы 710-санлы қарары талапларын Кегейли районында орынлаў мақсетинде районлық Халықты дизимге алыў бөлиминде Регистратор (үй-жай дизимин қәлиплестириўши) хызметкерлерди оқытыў ҳәм көнликпелерин асырыў бойынша оқыў семинары болып өтти.

Семинарға район ҳәкиминиң биринши орынбасары М.Ниязов, районлық Статистика бөлими баслығы М.Айымбетов, Халықты дизимге алыў бөлими баслығы Б.Мәўленов ҳәм жаңадан тайынланған үй-жай дизимин қәлиплестириўши хызметкерлер қатнасты.

Семинарда жаңадан тайынланған үй-жай дизимин қәлиплестириўши хызметкерлердиң ўазыйпасы, жумыс алып барыў тәртиби, сондай-ақ аймақлардың схематик режесине анықлық киритиў бойынша нәтийжели жумыслар алып барыў кереклиги түсиндирилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial

01.08.2022 11:55:18 146