БАСПАСӨЗ КОНФЕРЕНЦИЯСЫ БОЛЫП ӨТТИ

01.08.2022 15:46:47 187 Баспаға шығарыў

Бүгин район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында “Кегейли районында медицина тараўында әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелерине арналған” баспасөз конференциясы болып өтти.
Конференцияға район ҳәкимниң орынбасары Б.Давлетов, тийисли тараў басшылары ҳәм жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Онда атап өтилгениндей, Ден саўлықты сақлаў тараўы бирлемши медициналық жәрдем, әсиресе аўыллық шыпакерлик пунктлериниң жумысын жетилистириў, халықтың тийисли қатламларын мақсетли медициналық патронаж хызмети менен қамтып алыў, халыққа қәнийгелестирилген ҳәм тез медициналық жәрдем көрсетиў сапасын жақсылаў жумысын буннан былайда жетилистириў мақсетинде 2022-жылдың екинши шереги даўамында районымызда бир қанша жумыслар амелге асырылды.
Кегейли районлық медицина бирлеспеси 74 мың 466 халыққа (ҳаял- қызлар саны 34964, туўыў жасындағы ҳаяллар саны 17861, балалар саны 19927, жас өспиримлер саны 3229).
Район халқына 188 орынлық орайлық емлеўхана, 450 қабылға ийе көп тармақлы поликлиника 4 аўыллық шыпакерлик пункти, 4 аўыллық шаңарақ поликлиникасы медициналық жәрдем көрсетип келген еди. 2022-жылдың апрель айынан баслап Бозжап шаңарақ шыпакерлик пункти иске қосылды ҳәм бүгинги күнде өз жумысларын даўам етпекте.

Өткерилген баспасөз конференциясы даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

01.08.2022 15:46:47 188