Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң елиў бесинши сессиясынан мәлимлеме

29.07.2022 19:03:12 209 Баспаға шығарыў

Бүгин район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң елиў бесинши сессиясы болып ɵтти. Сессия күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен мәмлекетлик органлар менен халықтың ортасындағы қарым қатнасты жолға қойыў, орынлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳәм Кегейли районы ҳәкиминиң финанс-экономикалық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасарының районды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларын әмелге асырыў, жергиликли бюджеттиң дараматлар базасын асырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша есабаты тыңланды. Сондай-ак, сессия күн тәртибиндеги кейинги мәселе бойынша Кегейли районы жынаят ислери бойынша суды баслығының 2022 жылдың биринши ярымы даўамында пуқаралар ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәмде нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғалыўын әмелге асырыўға тийисли жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳәм район аймағында инвестициялар киргизиў ҳәм инвестиция жойбарларын әмелге асырыў бойынша есабаты қабыл етилди.

Сессияда, Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен жаслар машқалаларының шешилиўине көмеклесиў, жас әўладтың билимлерин ҳәм талантларын раўажландырыў бойынша қосымша шараятлар жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары бойынша есабат ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатларының өз депутатлық ўәкилликлерин атқарыў бойынша жуўапкершилигин ҳәмде мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм хожалық басқарыў органларына жиберилген депутатлық сораўларының нәтийжелилигин асырыў илажлары ҳаққында мәлимлемелер тыңланды. Сессия күн тәртибинде, Халықты тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери менен турақлы тәмийинлеў, ишки базарға аўыл-хожалық өнимлерин өз ўақтында жеткерип бериўди қадағалаў ҳәм базарларда баҳалардың кескин асып кетиўиниң алдын алыў бойынша алып барылатуғын ўазыйпалар ҳәм район медицина бирлеспеси баслығының халықтың саламатлығын қорғаў бойынша алып барып атырған жумыслары туўралы есабатлары қабыл етилди.

Сессия күн тәртибиндеги тийкарғы мәселе сыпатында, «Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы қаржылары есабынан жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржы ажыратыў ҳаққында қарар қабыл етилди. Сондай-ақ, пуқаралар жыйынлары баслықларының мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери, ҳаял қызлар белсендилери ҳәм профилактика инспекторлары менен өз-ара бирге ислесиўи тийкарында алып барып атырған жумысларының барысы ҳаққында мағлыўматлар берилип, аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында усыныслар қабыл етилип, Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң ўәкиллигине киретуғын басқа да мәселелер кɵрип шығылды ҳәм тийисли тәртипте депутатлар тәрепинен тастыйықланды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

29.07.2022 19:03:12 210