ПЕНСИЯ ҲӘМ БАЛАЛАР НАПАҚАСЫНА БАЙЛАНЫСЛЫ МҮРАЖАТЛАР ҚАБЫЛ ЕТИЛДИ

29.06.2022 18:15:57 398 Баспаға шығарыў

Бүгинги күнде пуқаралар тәрепинен ең кɵп мүрәжат етилип атырған  мәселелердиң бири бул-пенсия ҳәм балалар напақаларын тайынлаўдағы сораўлар болып табылады. Ал, усы мазмундағы мүрәжатларға жуўап берип унамлы шешимине ерисиў ҳәм тараўды жетилистириў бойынша қабыл етилген әмелдеги қарарлардың мазмун-мәнисин пуқараларға терең түсиндирип барыў мақсетинде, тастыйықланған реже  республика кɵлеминде тараў басшылары тәрепинен пуқаралар менен кɵшпели қабыллаў кɵринисиндеги ушырасыўлар ɵткерилмекте.

Усындай кɵшпели қабыллаўлардың нәўбеттиги мәнзили Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында ϴзбекстан Республикасы Финанс министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары Пенсия қоры атқарыўшы аппарат директоры Абдулазиз Хайдаров, район ҳәкими  Д.Утемуратов ҳәм Бюджеттен тысқары Пенсия қоры ҚР басқарма баслығы А.Убайдуллаевлардың қатнасыўында ɵткерилди.

Қабыллаўға районның 16 пуқаралар жыйынларынан  пуқаралар қатнасты. Қабыллаў даўамында пуқаралардан тараўға байланыслы жәми 17 мүрәжат қабыл етилди. Қабыл етилген мүрәжатлардың айырымларына ҳуқықый түсиниклер берилген болса, үйренип шығыў ушын мүддет талап ететуғын мүрәжатлардың орынланыўы қадағалаўға алынды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

29.06.2022 18:15:57 399