Кегейли районы ҳәкимлиги мәжилислер залында “Ҳәким ҳәм питкериўши жаслар” ушырасыўы болып өтти. Ушырасыўда улыўма орта билим бериў мектеплери питкериўшилери район ҳәкими Д.Утемуратов пенен ашық сәўбетлесип, питкериўши жаслар өзлериныӊ пикир усынысларын билдирди.

28.06.2022 17:20:54 209 Баспаға шығарыў

Ушырасыўда, келешегимиз ийелери болған жасларымыздың нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў, олардың арзыў-нийетлерин, қәбилетлерин жүзеге шығарыў биз алып барып атырған мәмлекет сиясатының ең әҳмийетли бағдары болып, бул жолда үлкен жумысларды әмелге асырып атырғанлығы атап ɵтилди.

Атап айтқанда, социаллық жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген шаңарақ перзентлерин «Жаслар дәптери»не киритип оларға әмелий жәрдемлер көрсетиў, жаслар ушын жаңа жумыс орынларын жаратыў, жас исбилерменлерге, жасларға кредитлер ажратыў, оларды кәсипке таярлаў ҳәм тәжрийбесин асырыў, фермерликти қоллап-қуўатлаў, перзентлеримиздиң тәлим-тәрбиясы, оларды саламатластырыў ҳәм бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша әҳмийетли қәдемлер қойылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2022-жыл 19-январь күнги мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасын түптен жеделлестириў ис-иләжлары ҳаққындағы ПҚ-92-санлы Қарарына тийкар Кегейли районында
16 аўыл ҳәм мәкән пуқаралар жыйынларында жаслар жетекшилери лаўазымы енгизилди.

Кегейли районында жаслар жетекшилери тәрепинен усы жылдыӊ январь-март айлары даўамында қарарға тийкар белгилеп берилген ўазыйпалар бойынша нәтийжели жумыслар әмелге асырылды.        Атап айтқанда, жаслар жетекшилери өз жумысын үйме-үй жүриў арқалы 16-30 жас аралығындағы жаслардыӊ «Жаслар балансы»н қәлиплестириў менен баслады.

«Жаслар балансы»н қәлиплестириў нәтийжеси бойынша районда 16-30 жас аралығындағы 18 856 жастыӊ балансы қәлиплестирилди.

Соннан, 16 028 жас тәлим ҳам турақлы бәнт екенлиги, 2 828 жас жәмлеспеген жаслар екенлиги анықланды. Жәмлеспеген жаслар арасынан 1 085 жаслар жаслар жетекшилери тәрепинен «Жаслар дәптери»не усыныс етилди.

Ушырасыўда атап ɵтилгениндей, быйылғы оқыў жылында 703 оқыўшы жасларымыз аттестатларын қолларына алмақта.

Питкериўши жасларды жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 2020-жылдағы 15 проценттен 2021-жылда 34 процентке жетти. Усы көрсеткишти быйылғы жылда 42 процентке, 2030-жылда 70 процентке жеткериў – тийкарғы ўазыйпамыз болып табылады.

Ушырасыў даўамында районлық Халық бәнтлигине кɵмеклесиў орайы ҳәм комеррциялық банклердиң жуўапкерлери  тәрепинен жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелдеги имканятлар ҳақкында мағлыўматлар берилди ҳәм қызықтырған сораўларына жуўаплар берилди.

 

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

 

28.06.2022 17:20:54 210