Бәршеӊиздиӊ хабарыӊыз бар, 25-июнь күни Өзбекстан Республикасыныӊ Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар киритиўге тийисли Конституциялық Нызам улыўмахалықлық додалаўға қойылды.

28.06.2022 15:57:55 221 Баспаға шығарыў

Бәршеӊиздиӊ хабарыӊыз бар, 25-июнь күни Өзбекстан Республикасыныӊ Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар киритиўге тийисли Конституциялық Нызам улыўмахалықлық додалаўға қойылды.

Бүгин, Кегейли районы ҳәкимлигинде Конституцияға өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында Конституциялық Нызам жойбары додаланды.

 

Усы мәжилиске район ҳәкими Д.Утемуратов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажилис сенаты ағзасы Б.Мәтмуратов ҳәм Олий Мәжлис Нызамшылық палатасы депутаты Л.Сейтова, район Кеңес депутатлары, ҳәким орынбасарлары, ҳәкимликтиӊ тийисли қәнигелери қатнасты.

Олий Мажилис Сенаты ағзасы Б.Мәтмуратов “Өзбекстан Республикасыныӊ Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызам жойбары ҳаққында толық мағлыўмат берди.
Ушырасыў қатнасыўшылардың сораў-жуўаплары менен даўам етти.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial

28.06.2022 15:57:55 222