Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Мәлимлеме сиясаты ҳәм жергиликли мәмлекетлик органларында ашықлықты тәмийинлеў мәселелери бойынша турақлы комиссиясының “Журналистлер ҳәм блогерлер тәрепинен мәмлекетлик органлары ҳәм шөлкемлердиң жумысына байланыслы, кең талқылаўларға себеп болып атырған мәселелер бойынша критикаларға тезлик пенен мунасибет билдириў әмелияты ҳәмде ғалаба хабар қураллары менен өз ара бирге ислесиўди күшейттириў мәселелери”не арналған нәўбеттеги мәжилиси болып өтти.
Мәжилис күн тәртибинде жергиликли мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларында мәлимлеме сиясаты, ашықлық ҳәм жәриялылықты тәмийинлеўге тийисли нызамшылық актлери, мәмлекетлик бағдарламаларыныӊ орынланыўын қадағалап барыў, орынларда халық пенен, сондай-ақ мәлимлеме хызмети тараўы хызметкерлери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен тиккелей сәўбетлесиў арқалы мәлимлеме сиясаты ҳәм жергиликли мәмлекетлик уйымларында ашықлық ҳәм жәриялылықты тәмийинлеў мәселелерине тийисли хақыйқый жағдайды үйрениў, анықланған актуал мәселелерди депутатлық қадағалаў шеңберинде шешиў шараларын көриў туўралы кең түрде айтып өтти.
Соның менен бирге журналистлер ҳәм блогерлер тәрепинен мәмлекетлик органлары ҳәм шөлкемлердиң жумысына байланыслы, кең талқылаўларға себеп болып атырған мәселелер бойынша сын материалларға тезлик пенен мунасибет билдириў әмелиятын кеңнен қолланыў зәрүрлиги ҳәмде ғалаба хабар қураллары менен өз ара бирге ислесиўди күшейттириў ҳаққында өзиниң усыныс-пикирлерин билдирди.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети