ϴзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен тастыйықланған режеге муўапық бүгин, район ҳәкимлигинде пуқаралардың мүрәжатларын кабыл етиў бойынша район ҳәкими Д.Утемуратов басшылығында сектор басшыларының нәўбеттеги кɵшпели қабыллаўы ɵткерилди.
Қабыллаўда пуқаралардың банк кредит, медициналық жәрдем, бәнтлик, жол курылысы ҳәм кадастр мәселелери менен байланыслы болған жәми 11 мүрәжат кабыл етилип мүрәжатлардың басым кɵпшилиги сол орынның ɵзинде сектор басшылары ҳәм тийисли тараў басшылары тәрепинен үйренилип шығылды.
Пуқараларды қыйнап жүрген турмыслық машқалаларын ɵз ўақтында анықлаў ҳәм оларды тийисли орынларға алып шығыў арқалы унамлы шешимине ɵз ўақтында ерисиў бойынша мәҳәлле пуқаралар жыйынларының жуўапкер ўәкиллерине анық тапсырмалар берилди. ϴйткени, машқаланы ўақтында анықлаў арқалы артықша әўерегершиликлердиң алдын алыўға ерисиў мүмкин.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети