СЕКТОР АҒЗАЛАРЫНЫҢ УШЫРАСЫЎЫ ӨТКЕРИЛДИ

24.06.2022 17:59:17 208 Баспаға шығарыў

Бүгин Кегейли районы ҳәкимине бириктирилген 1-сектор штабында секторға бириктирилген мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери, ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм сектор ағзаларының қатнасында ашық сәўбет өткерилди. Онда мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, сондай-ақ, алдағы режелерге тоқталып өтилди.

Соның менен бирге, “Мәҳәллебай” ислеў тийкарында ҳәр бир хожалықтың ишки имкәниятларын үйренип шығыў арқалы анық жәрдемге мүтәж шаңарақларды анықлаў ҳәм жеңилликлерди пайдаланыўда ашық-айдынлықты тәмийинлеў, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп алынды.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
➡️@kegeylirkuzofficial

24.06.2022 17:59:17 209