Ҳаял-қызлар белсендилери жумысларының нәтийжелилигин асырыў бойынша семинар ɵткерилди

21.06.2022 17:27:04 634 Баспаға шығарыў

Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бɵлимлеринде жумыс алып барып атырған ҳаял-қызлардың белсендилигин раўажландырыў мақсетинде тастыйықланған режеге муўапық, бүгин, Кегейли районында оқыў-семинары шɵлкемлестирилди.

Семинарға ϴзбекстан Республикасы Шанарак хам хаял кызлар мамлекетлик комитети баслыгынын орынбасары  Н.Эгамбердиева, Қарақалпақтан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы Марьям Ахмедова, райондағы 16 пуқаралар жыйынларына сайланған ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм бирге ислесиўши мәкеме, шɵлкем басшылары қатнасты.

ҳаял-қызлар менен байланыслы ҳәм шаңарақларда социал-руўхый орталыққа  кери тәсир кɵрсетиўши жағдайлар, олардың алдын алыў барысында мекеме шɵлкемлердиң ɵз-ара биргеликте ислесиўин шɵлкемлестириў мәселелери;

– ПФ-87-санлы Пәрманында белгиленген жеңиллик ҳәм имканиятларды мәҳаллелерде ҳаял-қызларымызға жеткериў;

– ҳаял-қызлар белсендилериниң жумысларында ушырап атырған машқала ҳәм усынысларды еситиў ҳәмде кɵтерилген мәселелерди шешиў бойынша жуўапкерлерге  тапсырмалар бериў бойынша мағлыўматлар берилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

 

 

21.06.2022 17:27:04 635