ҲӘКИМ ЖӘРДЕМШИСИ ПУҚАРАЛАРДЫҢ БӘНТЛИГИН ТӘМИЙИНЛЕМЕКТЕ

20.06.2022 09:25:31 340 Баспаға шығарыў

Кумшунгүл аўыл пуқаралар жыйыны Соржап елаты “Рафат- Рахат” фермер хожалығында ғәлледен босаған майданлардан 3 га жер майданы аймақтағы ҳәким жәрдемшисиниң басламасы менен “Ҳаяллар” ҳәм “Жаслар дәптери” дизиминде турған жумыссыз 10 пуқараның ҳәр бирине 30 сотыхтен бөлип берилип, помидор ҳәм гешир өнимлери егилип, әмелий жәрдем көрсетилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

20.06.2022 09:25:31 341