КЕГЕЙЛИДЕ «ТЕМИР ДӘПТЕР»ДЕГИ ШАҢАРАҚЛАРҒА БИЙПУЛ УН ТАРҚАТЫЛДЫ

17.06.2022 12:40:03 344 Баспаға шығарыў

«Халықтың социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж қатламларын мәнзилли қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы 258-санлы Президент қарарында халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын, атап айтқанда, кем тәмийинлеген балалы шаңарақлардың анық жɵнелтирилген тәризде мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, олардың материаллық пәраўанлық дәрежесин асырыў, кексе әўлад ўәкиллери мәплерин қорғаўды тәмийинлеў, сондай-ақ, инсаныйлық, меҳир-ақыбет, сақаўат илажларын басқышпа-басқыш әмелге асырыў мақсетинде бир қатар уазыйпалар белгилеп берилген.

Атап айтқанда, «Темир дәптер»ге киргизилген, социаллық жағдайы аўыр болған ҳәмде усы қарарға тийкар бир мәртелик материаллық жәрдем пулларын алмаған мүтәж шаңарақлар дизимин қәлиплестирип, «Сақаўат ҳәм кɵмек» қоры қаржылары есабынан усы шаңарақлардың ҳәр бир ағзасына 20 килограммнан бийпул ун тарқатыў белгиленген.

Усы тийкарда Кегейли районындағы жәми 16 пуқаралар жыйынынан бир мәртелик жәрдем кɵрсетилмеген «Темир дәптер» дизиминде турыўшы 11 шаңарақта жасаўшы 32 шаңарақ ағзасының мәнзилли дизими қәлиплестирилип жәми  640 кг ун онимлери тарқатылып берилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

17.06.2022 12:40:03 345