Бүгин Кегейли районы прокуроры, 2-сектор баслығы Қ.Бекмуратовтың секторға бириктирилген аймақ, Жаңабазар аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқаралар ҳәм жаслардың мүрәжатларын кɵрип шығыў бойынша нәўбеттеги кɵшпели қабыллаўы ɵткерилди.

16.06.2022 18:58:38 883 Баспаға шығарыў

 

Қабыллаў даўамында аймақ, турғынлары ɵзлериниң аймақларында ушырасып атырған жол, суў, электр энергиясы ҳәм тәбийий газ тәмийнаты бойныша мүрәжатлары менен қатнасты.

Айырым пуқаралар, бәнтлигин тәмийинлеў, кредит қаржыларын ажыратыў ҳәм материаллық жәрдем мәселелерин унамлы шешип бериўде әмелий жәрдем сорап, кабыллаўда даўамында пуқаралардан келип түскен жәми 13  мүрәжаттың 7 мүрәжат ийесине  тусиник берилди. Ал,  жаслалардан 6 мүражат  кабыл етилип 3 мүражатқа ҳуқықый түсиник берилди ҳәм қалған мүрәжатлардың орынланыўы қадағалаўға алынды.    

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

 

16.06.2022 18:58:38 884