Ҳәр бир аймақта исбилерменликти раўажландырыў арқалы жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеўге ҳәм зәрүрли бағдарларда халықтың турмыс шараятларын жақсылаўға ерисиў мүмкин. Бундай ийгиликли мақсетлер болса, район ҳәкимине бириктирилген 1-секторға қараслы Нурлы бостан мәкан пуқаралар жыйынында басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта. Бүгин район ҳәкими, 1-сектор баслығы Д.Утемуратов аймақта халыкты саламатлығын беккемлеў, дурыс аўқатланыў мәдениятын қәлиплестириў ҳәм фитнес шынығыўлары арқалы физикалық жақтан кɵркемликке ерисиў сырларын үйретиў мақсетинде шɵлкемлестирилген “Зулфия-Саҳибжамал” финес саламатлык орайының жумыслары менен танысты. Исбилермен менен сәўбетлесип, алып барылып атырған жумысларының халықтың саламатлығы ушын пайдалы тәреплери ҳаққында мағлыўмат алмасты. Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети 15.06.2022 16:47:44 464