“ЖАҢА ӨЗБЕКСТАН” МАССИВИНДЕГИ ҚУРЫЛЫС ЖУМЫСЛАРЫ ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ

12.06.2022 11:16:40 209 Баспаға шығарыў

Бүгин Кегейли районы Д.Утемуратов райондағы Ақтуба аўыл пуқаралар жыйынынан бой тиклеп атырған заманагɵй “Жаңа ϴзбекстан” турақ жайлар массивинде болып, курылыс кәрханалары басшылары менен ушырасты.

Қурылысты белгиленген мүддетлерде сапалы жуўмақлаў, жойбар тийкарында жумысларды нәтийжели шɵлкемлестириў бойынша сәўбетлести ҳәм алып барылып атырған қурылыс жумыслары менен танысып, тийисли кɵрсетпелерди берди.

Мағлыўмат орнында атап ɵтиў орынлы, бүгинги күнде жаңа массивте 210 квартиралы 7 жайдың қурылыс жумыслары жедел пәтлер менен алып барылмақта.

✍️Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

12.06.2022 11:16:40 210