КЕГЕЙЛИДЕ «БЕС БАСЛАМА ҲӘРЕКЕТТЕ»…

13.06.2022 11:10:40 490 Баспаға шығарыў

Бугин Кегейли районы Халық билимлендириў бɵлимине қараслы 27 ҳәм 33-санлы мектеплерде «Бес баслама ҳәрекетте» сүрени астында әдебий, мәдений ҳәм руўхый-ағартыўшылық илажлар болып өтти.

Илаж шеңберинде жаслардың бос ўақытларын мазмунлы ɵткериўге бағдарланған бир қатар интеллектуал таңлаўлар менен спорт жарыслары ɵткерилди.

Соның менен бирге, жаслардың руўхый дүньясын байытыў мақсетинде Қарақалпакстан Республикасы Мәденият министрилиги тәрепинен бириктирилген елимизге белгили мәденият хызметкерлери ҳәм аймақ нураныйлары менен ушырасыў шɵлкемлестирилди.

Күн даўамында ɵткерилген таңлаўлардың жеңимпазлары анықланып, олар район ҳәкимлиги ҳәм районлық ХББ тәрепинен сыйлықланды. Илаж республикамызға белгили кɵркем-ɵнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам еттирилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

13.06.2022 11:10:40 491