БИРИНШИ СЕКТОРДА МҮРӘЖАТЛАР ТАЛЫҚЛАНДЫ

14.06.2022 11:07:57 351 Баспаға шығарыў

Кегейли районында секторлардың жумысларының нәтийжелилигин асырыў, жумысларды нәтийжели шɵлкемлестириў максетинде сектор басшылары тәрепинен ҳәр күнги жумыс күни сектор ағзалары менен ушырасыў ҳәм күнделикли жумысларды бɵлистириўден басланбақта.

Бүгинде, район ҳәкими, 1-сектор баслығы Д.Утемуратов басшылығында сектор ағзалары менен ушырасыў ɵткерилди. Онда, секторға келип түскен мүрәжатлардың орынланыўы бойынша үйрениўлер алып барылды ҳәм нәтийжеси унамлы шешилмеген мүрәжатларды қайта үйренип шығыў бойынша ағзаларға тапсырмалар берилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

14.06.2022 11:07:57 352