Кегейли районының ɵсиў ноқатлары тийкарында мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў ҳәм халықтың қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыўы бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында

07.06.2022 09:42:16 326 Баспаға шығарыў

 

Кегейли районында белгиленген реже тийкарында районның ɵсиў ноқатлары тийкарында мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў ҳәм халықтың тамарқа жерлеринен нәтийжели пайдаланыў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында медиа-тур шɵлкемлестирилди.

Медиа-тур қатнасыўшылары дәслеп, Кегейли районы Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан шөлкемлестирилген “Nájim Keneges qıytaq jer” хызметиниң жумыслары менен танысты.

Жойбардың улыўма баҳасы 400 млн сўм болып, аймақтағы ҳәким жәрдемшисиниң усынысы менен исбилерменге 36 айға, 6 ай жеңиллетилген дәўир менен 14 пайыз үстеме төлеў шәрти менен 300 млн сўм  жеңиллетилген кредит қаржысы ажыратылған.

Хызметтиң тийкарғы ўазыйпасы пуқараға шәртнама тийкарында хызмет көрсетиў болып, бул ўазыйпаларды орынлаў ушын хызмет тәрепинен 5 пуқараның бәнтлиги тәмийинленип, жумыслар нәтийжели шөлкемлестирилмекте.

Буннан соң, усы аймақта қурылыс жумыслары басланған аўыл хожалығы жɵнелисиндеги “Бабур-Бердақ” ЖШЖ жумыслары менен танысты.

Жойбардың улыўма баҳасы 14 000 млн сўм болып, ыссыхана ɵз жумысын баслағаннан кейин бул орында 25 жумыссыз пуқараның бәнтлиги тәмийинленеди.

 

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

 

07.06.2022 09:42:16 327