Әндижан ўәлаяты ҳәкими басшылығындағы делегация ағзалары Қарақалпақстан Республикасында мийманда

06.06.2022 09:54:58 213 Баспаға шығарыў

 

Әндижан ўәлаяты ҳәкими Ш.Абдурахманов,  Қарақалпақстан Республикасы  Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев пенен биргеликте  Кегейли районы Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан шөлкемлестирилген “Nájim Keneges qıytaq jer” хызметиниң жумыслары менен танысты.

Жойбардың улыўма баҳасы 400 млн сўм болып, аймақтағы ҳәким жәрдемшисиниң усынысы менен исбилерменге 36 айға, 6 ай жеңиллетилген дәўир менен 14 пайыз үстеме төлеў шәрти менен 300 млн сўм  жеңиллетилген кредит қаржысы ажыратылған.

Хызметтиң тийкарғы ўазыйпасы пуқараға шәртнама тийкарында хызмет көрсетиў болып, бул ўазыйпаларды орынлаў ушын хызмет тәрепинен 5 пуқараның бәнтлиги тәмийинленип, жумыслар нәтийжели шөлкемлестирилмекте

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Әндижан ўәлаяты ҳәкими Ш.Абдурохмонов  Кегейли районы Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйыны аймағында Әндижанлы исбилермен тәрепинен шөлкемлестирилген “Gredo invest group texstille” ЖШЖның ашылыў салтанатына қатнасты.

Бул текстиль фабрика толық иске қосылғаннан кейин 100 ден аслам ҳаял қызлардың бәнтлиги тәмийинленеди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм

Әндижан ўәлаяты ҳәкими Кегейли районына болған сапары даўамында Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Тентек арна аўылында жасаўшы Ақсүнгил Раметованың шаңарағында болды.

Шаңарақ ағзалары алдынлары ишимлик суўында быраз машқала болғанлығын айтады.  Ҳәзирги ўақытта бул шаңараққа жер асты краны қазып берилип, суў насосы менен тәмийинленген. Пуқара А.Раметова сәўбет даўамында жаратып берилген имканият ушын миннетдаршылық билдирип, суўдан нәтийжели пайдаланып қыйтақ жерине егин егип, перзентлериниң бос ўақытларында үй-жай қурылысы ушын гербиш қуўып дәрамат таўып атырғанлығын ҳәм үсы мийнетиниң арқасында 4 перзентин шәртнама тийкарында жоқары оқыў орнында оқытып атырғанлығын мақтаныш пенен атап өтти.

 

Делегация ағзалары Кегейли районында қурылысы басланған  “ANDIJON MAKRO PHARM” ЖШЖ ниң қурылыс жумыслары менен танысты. Мағлыўмат ушын, жойбардың улыўма баҳасы  67,9 млрд сўм  болып, “Бир мәртелик медициналық шприц” ислеп шығарыў жолға қойылады. Жойбар 2023-жылдың декабрь айына иске түсирилиўи режелестирилген болып, бул орында жаңадан 100 жумыс орнын жаратыў режелестирилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Әндижан ўәлаяты ҳәкими Ш.Абдурахмоновлар биргеликте Кегейли районындағы 2-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде районның белсенди жаслары менен ушырасып, олардың пикир усынысларын тыңлады. Ушырасыў дәслебинде ўәлаят ҳәкими район жасларының Әндижан ўәлаятына сапарын шөлкемлестиретуғынлығын атап өтти. Ушырасыў даўамында жаслар өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

 

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, жүрналистика тәлим бағдарының 4-курс студенти Кегейлиши Ҳамдуллаев Баҳадир еркин дөретиўшилик пенен шуғылланыў ушын керекли болған Ноутбук сорап Министрлер Кеңесиниң Баслығына мүрәжат етти. Мүрәжат унамлы шешилип, бүгинниң өзинде Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев тәрепинен Б.Ҳамдуллаевқа ноутбук саўға етилди.

Кегейли районында сапарда болып турған делегация ағзалары Қумшүнгил аўыл пуқаралар жыйынында шөлкемлестирилген “Етти хазина жилвоси” ешкишилик ҳәм қусшылық кластериниң жойбар презентациясы ҳәм кластер комплексиниң қурылыс жумыслары менен танысты. Жойбар ушын 2 гектар жер майданы ажыратылып, жойбар баҳасы 20 млрд  сўмды қурайды.  Жойбар иске түскеннен кейин жылына 300 бас түйе таўық жетистирилип, 6000 тонна гөш өнимлери алынып, 5 тонна ешки жүнлерин қайта ислеў имканияты жаратылады.

Сондай-ақ, делегация ағзалары Қумшүнгил аўыл пуқаралар жыйынында шөлкемлестирилген “Қумшүнгил ҳалал барака” ЖШЖ тәрепинен түйе таўық ҳәм қоян жетистириў бойынша әмелге асырылған жумыслар менен танысты. Кегейли районында халыққа қолайлы шәраятлар жаратыў ҳәм бул орында мүнәсип мийнет шәраятларында нәтийжели жумыс алып барыўы ушын Әндижан ўәлаятының бийғәрез жәрдеминде бир қатар объектлер қурып питкерилип пайдаланыўға тапсырылмақта.

Әндижан ўәлаяты ҳәкими Ш.Абдурохмоновтың Кегейли районына болған сапары даўамында Мәрҳамат районына қәўендерлигинле Жылўан жап мәкан пуқаралар жыйынының улыўма баҳасы 200 млн сўм болған ҳәкимшилик имаратының ҳәм Әндижан қаласы жәрдеминде Ақтуба аўыл пуқаралар жыйынының улыўма баҳасы 350 млн сўм болған ҳәкимшилик имаратының ашылыў салтанатына қатнасты ҳәм аймақ нураныйлары менен бирге заманагөй имаратлардың ишки имканиятлары менен танысты. Сол орынның өзинде райондағы 50 шаңарақтың ҳәр бирине 10 бас  түйетаўық ҳәм 10 дана қоян тарқатылып берилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

06.06.2022 09:54:58 214